ҚАРАӨЗЕК
Әскербай Ажиниязов
***
I
"Үш түп қараманым, бир түп наўқаным,
Қусқанадан көтерилди мәканым,
Есимге қурылды заўыт-дүканым,
Ески елат, еден елим Қараөзек.
Теңизге бир табан жақын жағаңда,
Туңғыш иргең болды Зайыр таманда,
Жасыл жайлаў, аўыл-еллер аманба?
Аққуў аңсап, қонар көлим Қараөзек.
Есим суўы қанымызға қарысқан,
Қайда қатар қызлар әлпим алысқан?
Ўатан аман болса,-әлем гүлистан!
Тилде-дәстан, тәнде-жаным Қараөзек.
"Аққум"ыңда Бердақ бабам туўылған,
Күнхожа теңизден қосық "суўырған",
Айдос, Есенгелди ел деп жуўырған,
Тарийхый теберик төрим Қараөзек.
Ерназар Алакоз өнип өскен жер,
Ағын суў Аралға "атлап" түскен жер,
Қолдаўлы Турым бий ақ сүт ишке