Предыдущая публикация
Следующая публикация
Свернуть поиск
Сервисы VK
MailПочтаОблакоКалендарьЗаметкиVK ЗвонкиVK ПочтаТВ программаПогодаГороскопыСпортОтветыVK РекламаЛедиВКонтакте Ещё
Войти
Мы используем cookie-файлы, чтобы улучшить сервисы для вас. Больше информации
  • Главная
  • Видео
  • Группы
  • Люди
  • Публикации
  • Игры
  • Подарки
  • Поздравления
  • Рекомендации
  • Помощь
  • русский
Левая колонка
Фотография от Поэт лирик

Поэт лирик

Последний визит: 20:37
Фотография от Поэт лирик
Фотография от Поэт лирик
Фильтр
ЗаметкиУвлечения
Поэт лирик
26 мар 2017
«Қәдирданым С……. тың туўылған күнине арнап…»

Кеўлимдеги гүлимсең өзиң,
Көргим келер - болмай тур төзим,
Сырлы сезим, сүйкимли жүзиң,
Алыс алыстағы жулдызым!

Жаслығымнан жаныма жақтың,
Ийбең менен сыртымнан бақтың,
Сулыў оқты жүрекке аттың,
Айлы аспандағы жулдызым!

Бүгин сениң туўылған күниң,
Көз қамасқан қуяшлы күним,
Бахыт, дәўлет, несийбең пүтин,
Мәңги болғай тилеймен ҳәр күн,
Узақ узақтағы жулдызым!
Қәлбим ториндеги жулдызым!!! 13.12.2014-жыл, Dj.Ermak
Поэт лирик
26 мар 2017
Дос ҳаққында ойлар…

Әлемдеги жақын дос, әкең, анаң, туўысқан,
Оннан кейинги досқа өмир жолдасты қосқан.
Перзентлериң муқәддес, тәғдирге тирек, жалғас,
Ал, айтқаным ағайин, буннан бөтен дос болмас.

Сени деп күйген-пискен, дурыс жаныңда жүрген,
Дос болмаса ким олар?! деген сораў туўылар…
Әмел турса, пул болса, қәлесе мәслик қурса,
Әтирапың лалазар, саған ҳәмме таласар.

Қарап турсаң мийирман, жора-жолдас бәри дос,
Әттең! айрымларының иши түтин, төри бос.
«Жақын достың өзим!» деп, нан-дузыңды татады,
Сырларыңды биримлеп, жазып алып сатады.

Доспан десе исенбе! әне соннан гүман ет,
Сулыў сөз бенен емес, әмелде ҳәрекет ет.
Өмир гүзары узақ, гезлесер түрли тузақ,
Қыйын-қыстаў дәрт көрсең, сонда
Поэт лирик
23 мар 2017
Сырлы елес...

Айдың нуры түсти жүзиме мениң,
Жылыўы жанымды жағып баратыр...
Қәлбимниң қәлеўи, кеўлимниң гүли,
Қыялың қайларға ағып баратыр...

Билесең! Әзелден жақынбыз, бирмиз,
Ҳәттеки, ҳәр бир дем, сағынып жүрмиз...
Сезимди сөндирме! Кетти ықласым,
Ишки сырларымды сындырма мениң...

Өмирде үй бөлек, шаңарақ бөлек,
Турмыс жолдас, перзент, барлығы бөлек...
Сөйтседе, сен мени сорадың тилеп,
Жаның жақын келди қасыңа сениң...

Мазалы мәўритлер қоршаған гезде,
Жеңил жуўап пенен ярыңнан безбе...
Тербелген сезимниң заўалы жаман,
Ништериң батып тур жаныма мениң...

Dj.Ermak, 23.03.2017-жыл
Поэт лирик
25 апр 2016
Көк аспандағы Ақшолпанға!

Жулдыз дүркинине сән берген Шолпан,
Аспан гүлдирине от берген Шолпан,
Айтысқа илҳәмды ендирген Шолпан!
Қайдасыз, бармысыз, жақты әлемде?!
Яки, сыя таўсылдыма қәлемде,
Зор кейпият көринбейдиғо, сәлемде...?
Жүўенимди бослаў тарттым еледе...
Қалтыратпа тутпасын деп денеңде,
Таза гәўҳар сөзлер болса? жәнеде,
Даўам етсек, жетермедик қәдеге...! Dj.Ermak
Поэт лирик
25 апр 2016
Қырда ерте өскен қызыл гүл көрдим,
Бәҳәр паслын әне! усыннан билдим,
Жабайы шөплерге көрик инәм еткен,
Сулыўлықтың қүдиретине тән бердим! Dj.Ermak
Поэт лирик
24 мар 2016
Өмир сулыў, толып-тасқан мазалы демге,
Кеўлин таза болса, Бахыт, келер бир демде,
Оян достым! Сүр дәўранды! Муңайма ҳасла!
Қәдемиңнен қырмызы гүл өсип шығажақ,
Саған қардар – мәртлер отқа жанажақ! Dj.Ermak
На этом пока всё
Войдите в ОК, чтобы посмотреть всю ленту

202

  • зоя Балаян
    зоя Балаян
    Краснодар
  • музыка души
    музыка души
    г. Строитель (Яковлевский район)
  • Иван Чураев
    Иван Чураев
    г. Муром (Муромский район)
  • Карина Машуков
    Карина Машуков
    Пермь
  • Байрамбай Аллияров
    Байрамбай Аллияров

74

  • Κσρσλεßςκαя♔™☞❶Кино-Видео-Гифки
    Κσρσλεßςκαя♔™☞❶Кино-Видео-Гифки
    133717 подписчиков
  • DARYO.UZ yangiliklar daryosi
    DARYO.UZ yangiliklar daryosi
    15231 подписчик
  • Ирина Евсеева. Романсы, стихи, творчество.
    Ирина Евсеева. Романсы, стихи, творчество.
    1440 подписчиков
  • ☆ ГоХи ШоДлИк-:-ГоХи Ғам ☆✔
    ☆ ГоХи ШоДлИк-:-ГоХи Ғам ☆✔
    34059 подписчиков

Присоединяйтесь — мы покажем вам много интересного

Присоединяйтесь к ОК, чтобы посмотреть больше фото, видео и найти новых друзей.

Зарегистрироваться